12Dec-2023
Толыбай Қабулов
«Қәлбинде халық сѳзи жазылған шайыр» Толыбай Қабуловтың 84-жыллық юбилейине бағышланған (методикалық қолланба)
КИРИСИЎ
Қарақалпақстан Халык шайыры, Қарақалпақ халқының сүйикли перзенти ҳәм талантлы шайыры Толыбай Қабулов быйыл 84 жасқа толады. Бул сәне Қарақалпақстан Республикасында кең түрде белгиленбекте. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайының илимий методикалық бѳлими тәрепинен «Қәлбинде халық сѳзи жазылған шайыр» атамасында методикалық қолланба ислеп шығылды. Қолланбаның биринши бѳлими «Өмирди сүйип жасаған шайыр» деп аталып, бунда Т.Қабуловтың ѳмири хәм дѳретиўшилик хызмети хаққында сѳз етиледи. Екинши бѳлим «Руўхый дуньясы нурлы инсан» деп аталып, бул бөлимде китап оқыўшылар менен ушырасыў кешесиниң методикалық жол-жобасы берилмекте. Үшинши бѳлимге Мәлимлеме китапхана мәкемелеринде шѳлкемлестирилетуғын «Миллий поэзиямыз шебери» атамасындағы китап көргизбесиниң методикалық жол-жобасы ҳәм соңында әдебиятлар дизими берилген.
«Өмирди сүйип жасаған шайыр»
Толыбай Қабуловтың өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети
Қарақалпақ әдебиятында жүдә сийрек ушырасатуғын талант ийеси, қосықлары фольклорға бейим, ҳәр бир қосығы нама шақырып туратуғын Қарақалпақстан халық шайыры Толыбай Кабулов 1939 жылы Қараөзек районының А. Досназаров атындағы ширкетлер бирлеспеси “Қарабуға” аўылында дийхан шаңырағында дүньяға келди. Мектепти питкергеннен соң, ол Нөкис қаласындағы аўыл хожалық техникумын (1958), Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын (1963) тамамлады. Оның мийнет жолы дөретиўшилик мәкемелерде хызметкер болып ислеўден басланды, ”Қарақалпақстан“ баспасында бөлим баслығы, бас редактордың орынбасары, Республика Жазыўшылар аўқамының жуўаплы хаткери, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы болып иследи. Ал, өмириниң соңғы жыллары болса Қарақалпақстан мәлимлеме агентлиги директор орынбасары лаўазымында мийнет етти. Толыбай Қабулов 60-жыллардан баслап көркем дөретиўшиликке араласып, дәслепки поэзиялық дөретпелерин республикалық газета-журнал бетлеринде избе-из дағазалап барды. Шайырдың “Қарабуға”(1964,2008), “Ашығыңман” (1968),“Дийдар”(1972), “Пәтулла зор” (1974), “День грядущий”(1977), “Сен туўылған ақшам” (1985), “Сен мени қутлықла”(1989), “Капель”(1991), “Я влюблен”(1985), “Пәндиў нәсият”(1985), “Ең жақсы намаға жаным садаға” (2006), “Сен бар-дүнья бар”(2007) сыяқлы қосық китаплары басылып шықты. Оның топламлары Ташкент ҳәм Москва қалаларында өзбек, рус тиллеринде өз алдына китап болып та басылды. Толыбай Қабулов туўысқан халықлар тиллеринен қарақалпақ тилине қосықлар аўдарған дилмаш шайыр сыпатында да оқыўшыларға кеңнен мәлим. Оның аўдармалары қатарында Ҳ.Әлимжанның “Cуймурық”, Миршакардың “Алтын қышлақ”, С.Михалковтың “Степа ағай”, А. Мухтардың “Әдалат”, А. Бартонның “Сениң байрамың”, Н. В. Гогольдиң “Тарас Бульба”, А. П. Чеховтың“Гүрриңлер”, Қ.Тәңиркулиевтиң “Қосықлар”, Лахутийдиң “Бахыт периси”, Ушқунның “Өмир қоңыраўы”, С. Маршактың “Бизиң ҳәўлиниң балалары”, А.Кардашевтин “Москвада болдық қонақта”, С.Эралиевтын “Мениң талай досларым бар” сыяқлы қосықлар топламлары орын алып, китап ҳалында оқыўшыларға саўға етилди. Шайыр 200 ден аслам нама қосықлардың авторы. Оның қосықларына тек қарақалпақ композиторлары ғана емес, ал белгили рус композиторларынан Эрнест Манвелян, Игорь Королев ҳәм Михайл Чеувлар да нама жазды. Толыбай Қабуловтың қосық текстлерине жазылған намалар республикамыздың музыка фондынан кеңнен орын алған. Шайырдың қосықлары туўысқан халықлар тиллерине де аўдарылды. Сондай –ақ бүгинги күнде баспаға таяр, еле жарық көрмеген топламлары жүдә көп. Биз шайырдың қайсы шығармасын қарамайық, оның дүньяға көз қарасын анық философиялық категорияларға мәни бериўде емес, ал әдебий- көркем мазмунға ийе формаларда, яғный ҳәр қыйлы әдеп икрамлық принциплерде ҳәм эстетикалық талғамлар жәрдеминде сәўлеленеди. 2006-жылы “Қарақалпақстан” баспасы шайырдың “Ең жақсы намаға жаным садаға” атлы намалы қосықлар топламын баспадан шығарды. Буған шайырдың нама жазылған 117 қосығы ноталары менен киргизилген. Усы факттиң өзи–ақ шайыр поэзиясының өмиршеңлигинен, оның поэзиясы оқыў арқалы да, тыңлаў арқалы да халқымыздың руўхый ғәзийнеси болып хызмет ететуғынынан дәрек береди. Шайыр тәбият ҳәм өмир қубылысларына сезгирлик пенен көз таслап, олардың ишинен әдебий образ жасаўға қолайларын усталық пенен таңлап, өз жанрын таўып жазыўға айрықша кеўил аўдарды. Толыбай Қабулов ушын турмыстың майда шүйделерине шекем қосыққа айланып кетип атырғанға усап кетеди.
Өмир -мәңги мектеп! Алтын босаға!…
Ол маған пал берер тилла кесадан,
Өмир –бул гоззаллық! Оның тасқынын,
Мен тек ақ қағазға торлар жазаман,
Поэзия сөйлейди -Өмир өрлейди..
Шайырдың бундай қосықларында логикалық ойлаў усылына бай, руўхый туйғыларға толы образлы үлгилерде баян етилетуғын қосық қатарлары оғада көп. Оның дөретпелери өзиниң өмирди тастыйықлаўшы басламасының айқынлығы ҳәм әпиўайылығы менен ажыралып турады. Мийнет, гөззаллық, мухаббат – мине булар оның дөретиўшилик лирикасының үш жипек тары. Бул мотивлер шайырдың ўатан, парахатшылық, халықлар дослығы ҳаққындағы қосықлар дүркинлеринде айқын көзге тасланып, оларда әййемги Туран ойпаты перзентлериниң ең жақсы пазыйлетлери – ашық кеўиллилик, миймандослық, мәртлик ҳәм садықлық жыр етиледи. Шайыр болып жетилисиў ушын ол “Қарабуға”ның соқпақлары менен орпаң – шаңлы жолларын қайра – қайра басып, нешше- нешше өмир гәрдишлерин асты. Оның ҳәр бир қосығында үлкемиздиң әжайып адамлары, сулыў тәбияты, Әмиўдәрья, Арал теңизи, туўылған жери йошлы жырланады. 70 жылға шамалас өмир сүрип, 50 жылдан аслам қәлем тербеткен талантлы шайыр изинде жасларға көп баҳалы көркем мийраслар қалдырды. Өз ўақтында шайыр жүдә көп шайырларды, поэзия шайдаларын таярлап, оларға устазлық етип, изинде ат қалдырып кетти. Әдебият майданындағы бул хызметлери ушын Толыбай Қабулов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды, оған “Қарақалпақстан халық шайыры” ҳүрметли атағы берилди.
Шайыр шайыр саналмаған бурын ҳәм , Қәлбинде халқының сөзи болмаса. Толыбай Қабулов ҳақыйқаттан да, өз поэзиясында халық поэзиясы дәстүрлерин өнимли ҳәм жемисли даўам еткен, қосықлары халық поэзиясы руўхына оғада жақын келетуғын, қәлби халық дәрти, халық мәпи менен жанып күйип жасаған, тилинде халық сөзи сайраған ҳақыйқый халық шайыры болды. Усындай халықшыллық сыпатларына қарап өз ўақтында заманласлары болған жазыўшышайырлар, композиторлар, алымлар оның дөретиўшилигине “қосық пенен туўылған инсан”, “шайырдың шийрин зибаны-сайратар еди наманы”, “халқы сүйген, халқын сүйген шайыр”, “қосықлары нама жазыўға шақырып туратуғын шайыр”, “күнине бир қосық жазбаса уйықламайтуғын конвейер шайыр”, “қосықлары фольклорға айланған шайыр”, “төкпе шайыр, ақпа шайыр” дегенге усаған теңеўлер, эпитетлер, метафоралар менен оғада дурыс баҳаланған еди. Жуманазар Базарбаевтың көрсетиўинше, Толыбай Қабулов –атақлы шайыр, үлгили –азамат, оның философиялық ой- пикирлерге толы қосықлары тек өзиниң мазмуны ғана емес, шайырлық шеберлиги, тәбийғыйлығы, нәзик лиризми, терең халықшыллығы менен инсанлар жүрегине жағымлы тийип, кеўиллерге йош, илҳам бағыш етеди. Биз Толыбай Қабуловтың қайсы шығармасын алып қарамайық, оның дүньяға көз-қарасын анық философиялық категорияларға мәни бериўде емес, ал әдебий-көркем мазмунға ийе формаларда, яғный ҳәр қыйлы әдеп – икрамлық принциплерде ҳәм эстетикалық талғамлар жәрдеминде сәўлеленеди. Шайыр тәбият ҳәм өмир қубылысларына сезгирлик пенен көз таслап, олардың ишинен әдебий образ жасаўға қолайлыларын усталық пенен таңлап, өз жанрын таўып жазыўға айрықша кеўил аўдарды. Толыбай Кабулов ушын турмыстың майда-шүйделерине шекем қосыққа айланып кетип атырғанға уқсап кетеди. Мәселен шайыр өзиниң “Пәндиў нәсият” дүркинине енгизилген қосықларында тәрбиялық мәселелерге үлкен әҳмийет береди. Ол жасларға дурыслықты, дурыс сөйлеўди үйретиў бала тәрбиясындағы ең баслы ўазыйпалардың бири есаплайды. Шайыр өз қосықларында “дәўлетли бол, геда бол, бирақ, дурыс сөзли бол” деп нәсият етеди. Көкирекке урсаң ҳәм, Көкти тиреп турсаң ҳәм, Дурысын айт, оннан соң, Не қылсаң ҳәм ырзаман Т. Қабуловтың уллылығы оның дѳретиўшилигинде ѳзи ѳмир сүрген социаллық-сиясий аўҳалды, адамлардың түрли-түрли минез-қулықлары, ой-ѳриси қәдир-қымбаты, арзыў-тилеклери, күйиниши, сүйиниши, ықласы, талўасы кѳркемлик пенен сәўлеленгенлиги себепли, оны ийелеген адам, белгили критик В.Белинскийдин айтканындай “оның қайғысы менен кайғырып, куўанышы менен куўанып, шадлығы, үмити менен жасап, тили менен сѳйлейди” дегениндей китап оқыўшылар шайырдың қосықларын жаны менен қабыллап, ҳәр сапар оларды ыңылдап айтып жүрип, шайыр менен бир адамға айланды. Мысалы, оның “Сен бәхәрди сағынбадың ба”, “Кел Жайхунның бойларына”, “Сени сүйген едим студент ўақта” сыяқлы қосықлары адамға иләҳий күш берип, ериксиз шайырдың тили менен сѳйлеўге мәжбүрледи. Т. Қабуловтың қосықларын оқып отырып оның жанға рәҳәт, кеўилге шадлық, гейде терең ойға, аяныш қыялға салатуғын әжайып тәсирине заўықланып, руўхый кәмилликке умтыласаң, ҳақыйқат инсаныйлыкка табынып, ҳаслымызға қайтқандай боласаң. Толыбай Қабулов қәлбинде халық сөзи, халық туйғысы тоқылған шайыр. 70 жылға жақын өмир сүрип, 50 жылдан аслам тынбай қәлем тербеткен талантлы шайыр изинде көп баҳалы көркем мийраслар қалдырды. Оның қәлеминен шетте қалған теманың өзи жоқ десек жаңылысқан болмаймыз. Ол поэзия жанрында Бердақ, Аббаз, Ибрайым Юсупов сыяқлы қарақалпақ классик шайырларының дәстүрлерин даўам еттириўшилерден болды. Жуўмақластырып айтқанда, Толыбай Қабулов өзиниң усындай шайырлық ҳәм азаматлық келбети менен ХХ әсир қарақалпақ әдебияты тарийхында поэзиямыздың жарқын жулдызларының бири болып қалды. Т. Қабулов 2006 жылы 67 жасында әлемнен ѳтти. Шайыр бул дүньядан ѳткеннен кейин де оның екинши ѳмири басланады деген гәп бар. Шайыр Толыбай Қабуловты бүгинги күни путкил жәмийетшилигимиздиң еслеп атырғанлығы да бул пикиримиздиң ҳақыйқат екенлигин дәлиллейди. Шайыр қайтыс болғаннан кейин де оның шығармалары нәўқыран әўладқа руўхый азық болып хызмет етпекте. Бүгинлиги оның нама жазылған қосықлары ҳәр күни радио, телевизорлардан жаңлап еситилип, саҳналарда белгили қосықшылар тәрепинен атқарылып келмекте. Демек бай әдебий мийрасы арқалы шайырдың екинши ѳмири даўам етпекте, деп айтыўға толық тийкар бар. «Руўхый дуньясы нурлы инсан» атамасындағы еслеў кешесиниң методикалық жол-жобасы Кеўиллерди гүллерге бѳлеп, гѳззалық әлемине баслаўы менен қарақалпақ әдебиятында дараланып туратуғын Қарақалпақстан халық шайыры Толыбай Қабуловтың усы жылы 80 жыллығы Республикамызда кең түрде белгиленбекте. Әдебий мийрасларын бүгинги жас әўладларға еле де толығырақ таныстырып барыў мақсетинде «Руўхый дуньясы нурлы инсан» атамасында еслеў кешеси шөлкемлестириўди усынамыз. Буның ушын үлкен таярлықлар көрилип, дағазалар бериледи. мирәтнамалар тарқатылады. Кеше өтетуғын орын ылайық безеледи. Кешеге жазыўшы, шайырлар, журналистлер, жоқары окыў орынларының филология факультети студентлери мирәт етилип, сөз шебери, уллы устаздың өмир жолы ҳәм дөретпелери менен қызығыўшы китап оқыўшылар қатнасады. Кеше қатнсыўшылары, студент жаслар тәрепинен шайырдын нама косыкларынан дузилген концерт ҳәм әдебий кѳркем оқыўлар шөлкемлестириўди усыныс етемиз. «Миллий поэзиямыз шебери» атамасында шөлкемлестирилетуғын китап көргизбесиниң методикалық жол-жобасы Қарақалпақ халқының уллы тулғасы қарақалпақ әдебияты тарийхында салмақлы из қалдырған жазыўшы Толыбай Қабуловтың туўылғанына быйыл 84- жыл толады. Бул сәнеге бағышлап, мәлимлеме-китапхана мәкемелеринде жазыўшының дөретпелеринен китап көргизбесин шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Бул көргизбениң бас темасын «Миллий поэзиямыз шебери» деп атады. Китап көргизбемиз оқыўшыларға аңсат, түсиникли болыўы ушын көргизбемизди еки бөлимнен ибарат етиўди мақул көрдик. 1-бөлим: «Толып тасып жырлаған шайыр» деп атап, бул бөлимге жазыўшымыз Толыбай Қабуловтың өзиниң дөретпелери қойылады. 2-бөлимде: «Шайырдың шийрин зибаны–сайратқан еди наманы» делинип, бул бөлимге оның дөретпелери ҳаққында жазылған шайыр жазыўшылардың пикирлери, журналистлердиң газета-журналларда жәрияланған очерклер ҳәм мақалалары орын алады ҳәм мағлыўмат-библиография бөлими тәрепинен ислеп шығылған әдебиятлардың усыныў дизими қойылады.
Толыбай Қабуловтың алған атақ ҳәм сыйлықлары
1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «Ҳүрмет жарлығы» мененсыйлықланды,
2.“Қарақалпақстан халық шайыры ” ҳүрметли атағы берилди.
Пайдаланған әдебиятлар
1.Базарбаев Ж. Қарақалпақ халық шайыры: [Т. Кабулов ҳаққында] // Еркин Қарақалпақстан.-2009.–13окт.-№123.
2. Ембергенова Ж. “Қәлбинде халық сөзи жазылған шайыр”. //Қарақалпақстан.жаслары.-2009.–24сент.-№40.
3. Ерназаров К. Шайырдың екинши өмири.// Қарақалпақстан жаслары. – 2011.5май.-№23.
4. Оразымбетов Қ. Шайырдың екинши өмири: [Т. Кабулов ҳаққында] //Еркин Қарақалпақстан. – 2010. – 16 янв. -№7.
Толыбай Қабуловтың шығармалары,қарақалпақ,тилинде1972
1.Бир нәрсени қолға алсақ, питкерсең деп демде биз; Бул өмирдиң қызығы; Кемпирлер; Әрманлар:[қосықлар] // Әмиўдәрья.-1972.-№9.-Б.79-81. 1977
2.Биринши сораў; Кел, мин ярым “Комета’ға; Өмир, сени сүйгенликтен; Байнияз шайырға хат; Алтын гүздеги ойлар: [қосықлар] // Әмиўдәрья.-1977.-№4.-Б.53-56.1987 3.Әмиў менен сөйлесиў; Аралды ойласам : [қосық] // Совет Қарақалпақстаны.-1987.–14май.
4. Бир дәс қосық айтсын : [қосықшы Б. Мәтжановтың 50 жыллығына] // Жеңис.байрағы.-1990.–16июнь.-№721993
5. Бәрекелла, заманым !: [қосық] // Еркин Қарақалпақстан. – 1993. – 25 сент 1995
6.Бүгинниң ертеңи бар; Әй өмир!..Р.ға; Ата баба айтып кеткен..; Туўылған жер: [қосықлар] // Қарақалпақстан жаслары . – 1995. – 20 июнь. -№29.
7.Пәндиў- нәсият : (қосықлар).-Нөкис.- «Қарақалпақстан». – 1995. 1996
8.Әжиниязға мүрәәжат: [қосық] // Еркин Қарақалпақстан. – 1996. – 9 ноябр.-№135.
9.Аты менен Әмир Темур: [қосық Әмир Темурдың 660 жыллығына ] // Нөкис ҳақыйқаты.-1996.–25апр.-№17.
10.Бахтымыздың конститутциясы:[қосық] // Еркин Қарақалпақстан. – 1996. – 3-апр.№43.
11.Бахтымыздың қуяшы: [Өзбекстан Республикасы Конститутциясы күни алдынан қосық] // Нөкис ҳақыйқаты. – 1996. – 26 нояб .-№45.
12.Елтири тон жамылыўға ылайық…[қосық] // Еркин Қарақалпақстан.1996.–27авг.1997
13.Бердақ па деймен: [қосық] // Еркин Қарақалпақстан. -1997 – 13 дек. -№147.
14.Бүгин Наўрыз:[қосық] // Еркин Қарақалпақстан. – 1997. – 21 март. -№36. 1998
15.Бәҳәр және сорады сени: [қосық] // Еркин Қарақалпақстан. – 1998. – 21 март.-№35.
16.Бүгин уллы байрам:[қосық] // Қарақалпақстан жаслары . – 1998. – 27 авг. -№33.
17.Эй, перзентим!: [қосық] // Қарақалпақстан. – 1998. – 16 май.-№58. 1999
18. Әжинияздың естелигине: [қосық] // Еркин Қарақалпақстан. – 1999. – 21 дек.-№150.
19. Алтын гүз қосығы: [қосық] // Еркин Қарақалпақстан. – 1999. – 14 окт.-№122.
20.Бийғәрез, бахытлы еллерим барды: [Әжинияздың изи менен] // Еркин Қарақалпақстан.-1999.–31авг.-№104-105.2000
21.Әй бирадар! : [қосық] // Еркин Қарақалпақстан. – 2000. – 14 ноябр.-№136.
22.Бул ўатан-бәршемиздики!; Той көп болсын; Бәҳәр паслында: [қосықлар]//Қарақалпақстанжаслары.-2000.–16март.-№11.2001
23.Бир үлке бар., Мени дурыс түсиниң., Есим бойларында өскен сәрўи тал., Шынқобыз: [қосықлар] // Әмиўдәрья. – 2001. -№4.-Б.3-6. 2002
24.Заман заўық берип йошлаған шайыр: //Устаз жолы.-2002.-23 май.
25.Еки халықтың теңдей шайыры :// Устаз жолы.-2002.-11 июль.
26.Қарақалпақтың Самуил маршаги : [Х. Сапаров- 70 жаста] // Еркин Қарақалпақстан.-2002.–16март.
27.Баспа сөз белсендилерине:[қосық] // Нөкис ҳақыйқаты. – 2003. – 26 июнь.-№21.2004
28.Мениң «Еркин Қарақалпақстаным!» : [қосық Ер.Ққ-ға 80 жыл] // Еркин Қарақалпақстан.-2004.–11сент.-№109.2005
29.Баспа сөз белсендилерине: [қосық] // Еркин Қарақалпақстан. – 2005. – 25 июнь.-№75.
30.Бахтымыздың қуяшы:[қосық конститутция ҳаққында] // Нөкис ҳақыйқаты-2005.–1дек.-№36.
31.“Қар жаўып тур”, “Тилим болғанда-ма”…(атты монолог), “Мениң ағам”, “Мен ҳайранман”, “Ошақ басындағы сөз”, “ Арал” , “ Арал қызларының қосығы”,:[қосық]//Әмиўдәрья.-2005.-№1.-Б.3.
32.Туўылып ҳәм өсип Қоңырат елинде..: [Р. Сейтовтың 90 жыллығына] // Мәденият.ҳәм.спорт.-2005.–19нояб.-№25-26.
33.Шеңгел қоңыраўларын сыңғырлатып келген шайыр: [О. Сатбаев 50 жаста]//Еркин.Қарақалпақстан.-2005.–14май.2006
34.Ден –саўлықтың сақшылары:[қосық] // Нөкис ҳақыйқаты. – 2006. – 14 янв.-№2.
35.Ден –саўлықтың сақшылары:[қосық] // Шыпакер. – 2006. – 1 янв.-№1-2.
36.Ең жақсы намаға жаным садаға: (нама қосықлары гүлдәсте).-Нөкис.- «Қарақалпақстан».-2006.
37.Ол әжайып алым еди..: [қосық, Е. Бердимуратов ҳаққында] // Устаз жолы.-2006.–15апр.-№15.2007
38.Еслеў күни:[қосық] // Еркин Қарақалпақстан. – 2007. – 8 май.-№57
39.Мәртликтен дәрек: [қосық тарийхшы алым, профессор Шарип Бабашевтың мийнетлерин оқып] // Еркин Қарақалпақстан. – 2007. – 8 май.-№19. 40.Сен бар дүнья бар: (қосықлар).-Нөкис.- «Қарақалпақстан». – 2007.-180 б. 2008
41.Жас минген сайын”, ‘Бизиң Нөкис”: [қосықлар шайырдан қалған мийрас] //ЕркинҚарақалпақстан.-2008.–4окт.
42.Қолларыма қәлем бердиң о Нигар : [қосық]// Әмиўдәрья.-2008.-№4.-Б.17-19.2009
43.Таңламалы қосықлар:- Нөкис.- «Қарақалпақстан». – 2009.-280 б.
44.Университет –Бердақ дилўарым мениң:- Нөкис.- «Қарақалпақстан». – 2009 2010
45. Кегейли қосығы : [қосық даңқлы дийхан қызы Дәўлет Кирқабақованың естелигин мәңгилестириў мәресимине] // Еркин Қарақалпақстан. – 2010. – 8 май.2011
46.Конституция –ығбал бахтымыз:[қосық] // Еркин Қарақалпақстан. – 2011. – 9 апр.-№44. Толыбай Қабуловтың шығармалары өзбек тилинде 1987
47. Аму билан суҳбат:[шьер Қ. Раҳимбоева тарж.] // Узбекистон адабиёти ва саньати.-1987.16окт.
48. Тошкент боғлари; Эркиндарё шьерлар: [Қорақалпоқчадан С. Рахмон тарж] //Шарқ юлдузи.-1987.-№12.-Б.119. Толыбай Қабуловтың шығармалары рус,тилинде.1978 49.День грядущий: (стихи, поэма, сказка).-Нукус:-«Каракалпакстан».-1978.-96стр.1985
50.Я влюблен: (стихи. Пер. с каракалпакского).-М.:-«Советский писатель».-1985.-80стр.1991
51.Капель: (сборник стихов, перевод с каракалпакского).-Нукус:-«Каракалпакстан». -1991.-132 стр. Толыбай Қабулов ҳәм оның шығармалары ҳаққында1989 52.Аббазов С. Шайырдың сезими: [Т. Кабулов 50 жаста] // Ленинабад таңы. – 1989.–20май.-№60.1993
53. Рейпназаров Н.”Туўылған үлкениң поэзиясы “ Нөкис қаласы гарнизонындағы №16 орта мектеп оқыўшылары Қарақалпақстан шайыры Толыбай Кабулов пенен ушырасты.// Еркин Қарақалпақстан. – 1993. – 2 дек. 1997
54.Мәмбетниязов Т. Жасларға нәсиятнама: [шайыр Т. Кабуловтың “Пәндиў нәсият” қосықлар топламы ҳаққында] // Жеткеншек . – 1997. – 17 апр. -№16. 1999 55. Мәтжанов Б. Қосық шайырлардан бурын туўылған: [шайыр Т. Кабулов 60 жаста]//Еркин.Қарақалпақстан.-1999.–17июль.-№85.
56.Өтамбетов Б.Руўхый дүньясы нурлы инсан : [шайыр Т. Кабулов ҳаққында] / Еркин Қарақалпақстан.-1999.–19июнь.-№73.
57. Фархади Раим. Қарабуғалы шайыр: [шайыр Т. Кабулов ҳаққында] // Еркин Қарақалпақстан. – 1999. – 19 июнь. №73
- Якуб Камал Мухаммед. Сынаўлардан сүринбей өткен әўлад: [Т. Кабулов 60 жаста] // Қарақалпақстан жаслары. – 1999. – 22 июль. -№27. 2002
- Қучкаров Я. «Қушиқ деган қушни учирдим…»: [Қорақалпоқ халқ шоири Т. Кабулов билан сухбат] // Халқ сузи. – 2002. – 5 нояб. -№139. 2003
- Қощанов Ә. Толып – тасып жырлаған шайыр: [Т. Кабулов ҳаққында] // Еркин.Қарақалпақстан.-2003.–7окт.-№123.2007
- Базарбаев Ж. Шайырдың шийрин зибаны –сайратқан еди наманы: [Т. Кабулов жаңа топламы туўралы ойлар] // Еркин Қарақалпақстан. – 2007. – 8 февр-№18.
- Жақсының аты өшпейди: [Қарақалпақстан халық шайыры Т. Кабуловтың атына Қум аўыл поселкасындағы көшелердиң бири қойылды ] // Еркин Қарақалпақстан.-2007.–11сент.-№110-111.2009
- Әбдиреймов Ж. Миллий поэзиямыздың шебери еди.//Устаз жолы.-2009.-9 май.-№19.
- Алламбергенов К. Тилинде халық сөзи сайраған халық шайыры. //Қарақалпақстан.жаслары.-2009.–8окт.-№42.
- Алламбергенов К. «Қара буға» дан қанат қомлаған –халық шайырының поэзиясы.//Әмиўдәрья.-2009.№4.-Б.91-94.
- Базарбаев Ж. Қарақалпақ халық шайыры: [Т. Кабулов ҳаққында] // Еркин Қарақалпақстан.-2009.–13окт.-№123.
- Ембергенова Ж. “Қәлбинде халық сөзи жазылған шайыр”. //Қарақалпақстан.жаслары.-2009.–24сент.-№40.
- Рейипназаров Н. “Қәлбинде халық сөзи жазылған шайыр”. // Еркин Қарақалпақстан.-2009.–17сент.-№112.
- Тилеўбаев М. Халқымыздың руўхый санасында мәңги из қалдырған шайыр. //Қарақалпақстан жаслары. -2009.–24дек.-№52.2010
- Оразымбетов Қ. Шайырдың екинши өмири: [Т. Кабулов ҳаққында] // ЕркинҚарақалпақстан.-2010.–16янв.-№7.
- Утеўлиев И. Өмирди сүйип жасаған шайыр.//Устаз жолы.-10 июль.-№28. 2011
- Ерназаров К. Шайырдың екинши өмири.// Қарақалпақстан жаслары. – 2011.–5май.-№23.2019
- А.Абдурашидова. Шайыр тууылган журтта.// Еркин Каракалпакстан.-2019.-22 март. №36-37.